Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў орайының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 2023-жыл 20-июньдағы ПҚ-197-санлы қарарының орынланыўы бойынша медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў арқалы олар тәрепинен көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў басқармасы негизинде медициналық жумысты лицензиялаў ҳәм мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерди аккредитациялаў функцияларын әмелге асыратуғын мәмлекетлик мәкемеси түриндеги Медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў орайы шөлкемлестирилген еди.
Усы қарар менен бул Орайдың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди. Олар төмендегилерден ибарат:
медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаўды тәмийинлеў;
медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаўда алдынғы халықаралық тәжирийбеге тийкарланған талапларды ислеп шығыў;
лицензиатлардың медициналық хызметлердиң сапасы, лицензияның талап ҳәм шәртлерин қадағалаўды әмелге асырыў;
медицинаның мәмлекетлик емес секторын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың заманагөй механизмлерин ҳәм оларды турақлы раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;
мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерди халықаралық тән алынған аккредитациялаўда қатнасыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў;
халықаралық тән алынған аккредитация шөлкемлерин тартыў арқалы жергиликли медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм «қәўипсиз медицина» стандартларын енгизиў;
медицина шөлкемлерин аккредитациялаўдың миллий системасын енгизиў.
Орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери:
төлемли хызметлер көрсетиўден түсетуғын дәраматлар;
халықаралық ҳәм сырт ел ҳүкиметлери, халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм басқа донорлардың грантлары;
Орайдың ўақтынша бос турған бюджеттен тысқары қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитларына жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклерден түсетуғын қаржылардан ибарат болады.
ӨзА