Орайлық банк 25-июль күни тийкарғы ставканы жыллық 0,5 процент бәнтке түсирип, жыллық 13,5 процент дәрежесинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. Бул ҳаққында регулятор баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, базалық инфляцияныӊ төменлеўи ҳәм инфляциялық күтилмелер динамикасы энергия тарифлери арттырылыўыныӊ инфляцияға екилемши тәсири күтилгенинен төмен болып атырғанын көрсетип, жыл жуўмағында инфляция прогноз коридорыныӊ төменги шеклеринде қәлиплестириў бойынша исеними артпақта.

Салыстырмалы қатаӊ пул-кредит шараятлары өндиристиӊ унамлы айырмашылығы қысқарып барыўына ҳәм талап тәрептен инфляциялық басымныӊ төменлеўине хызмет етпекте.

Инфляцияныӊ күтилип атырған динамикасы ҳәм инфляцияны арттыратуғын қәўип-қәтерлердиӊ азайғанлығын инабатқа алып, Орайлық банк басқармасы тийкарғы ставканы 0,5 процент бәнтке төменлетип, жыллық 13,5 процент дәрежесинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Июнь айында улыўма инфляция жыллық 10,6 процент дәрежесинде қәлиплесип, инфляцияныӊ турақлы компонентлери ҳәм мийўе-овощлардыӊ баҳаларында сезилерли төменлеў бақланды. Сыртқы базардағы баҳалар динамикасы ҳәм импорт инфляциясына төменлетиўши тәсир көрсетиўде даўам етпекте, делинеди хабарда.

Сондай-ақ, азық-аўқат товарлары инфляциясыныӊ төменлеўи ҳәм алмасыў курсы турақлылығы халықтыӊ инфляциялық күтилмелерине унамлы тәсир көрсетип, июнь айында сезилерли төменлеўге алып келди. Бул болса, күтилмелер тәрепинен инфляцияға басымлардыӊ төменлеп барыўына шараят жаратады.

Базалық инфляцияныӊ төменлеўши динамикасы даўам етип, июньда 5,9 процентке теӊ болды ҳәм жыл басынан 2,6 процент бәнтке төменледи. Бул энергия тарифлери өзгериўиниӊ екилемши тәсири күтилгенинен төмен болғанына анықлама берилип, инфляцияныӊ келешекте де төменлеўши трендиниӊ даўам етиўине көрсетпекте, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги