Президентимиздиң 2023-жыл 8-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы тарыйхый пәрманы қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын айрықша имканиятлар жаратты.
Усы пәрман тийкарында бүгинги күнге шекем 100 ден аслам исбилерменге аукционсыз, инвестиция киргизиў шәрти менен тиккелей жер орынлары ажыратылған.
Солардыӊ бири сыпатында Шавкат Обидхўжаевтың басшылығындағы «OSTEN TECHNOLOGIES» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин атап өтсек болады. Оған усы пәрманға муўапық, Нѳкис қаласынан жәми 8,6 гектарлық жер майданы ажыратылып, июль айынан баслап қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
― Қурылыс жумыслары тамамланғаннан кейин кәрханамызда ысытыў радиаторлары ҳәм лифт қурылмалары ислеп шығарылады. Жәми 1000 нан аслам жаӊа жумыс орыны жаратылады. Горизонтал ҳәм вертикал түрдеги ысытыў радиаторларын ислеп шығарыў ушын 23,5 миллион доллар, ал лифт қурылмаларын ислеп шығарыў ушын 31,5 миллион доллар инвестиция киргизип атырмыз. Имканиятлардан утымлы пайдаланған ҳалда алдағы ўақытларда Нѳкис қаласыныӊ социаллық-экономикалық раўажланыўына ѳзлеримиздиӊ мүнәсип үлесимизди қосамыз,-дейди кәрхана директорының орынбасары З.Тахтаназаров.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.