Лирик шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған әдебий кешелер елимиз бойлап даўам етпекте. Усы мүнәсибет пенен Тақыятас районындағы «Айдын жол» балалар дем алыў орайында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында дем алыўшы балаларға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, районлық Мәлимлеме -ресурс орайы тәрепинен шайырдың өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берилди. Дем алыўшы балалардың атқарыўында шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик мийнетлеринен сахналық көринислер қойып берилди ҳәм қосықларын ядтан атқарды.
Илаж соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен илажға белсене қатнасқан балалар номинациялар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.