Париж қаласында басланып атырған жазғы Олимпиада ойынларында республикамыздан төрт спортшы қатнасады.
Олардың бири көркем гимнастика бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Шахзада Ибрагимова болып табылады.
2002-жылдың 24-ноябрь күни Нөкис қаласында туўылған ол дәслепки тренери Нигара Палвановадан көркем гимнастиканың әлўан түрлерин үйренип, Өзбекстан чемпионаты ҳәм басқа да турнирлерде жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болды.
Соңынан Өзбекстан сайланды командасына шақырылған Шахзада команда ағзалары менен биргеликте бир қатар табысларды қолға киргизеди.
Атап айтқанда, ол 2022-жылы Түркияның Коня қаласында болып өткен Ислам тилеклеслиги ойынлары, 2023-жылы Филиппинде өткерилген Азия чемпионаты ҳәм 2024-жылы Азия лицензиялық турниринде алтын медалды жеңип алыўға еристи.
Сондай-ақ, Шахзада Ибрагимова 2022-жылы Ташкент болып өткен жәҳән чемпионатында көпгүрес ҳәм 5 шеңбер бойынша өткерилген беллесиўлерде гүмис, 3 лента ҳәм 2 топ пенен алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.
Бүгинги күни сайланды команда қурамында бас тренер Рано Мухамедова, ассистент тренер Луиза Ғаниева, хореограф Мария Ахраровалардың қол астында Париж Олимпиадасының жеңимпазлығы ушын қызғын таярлықлар көрмекте.
21 жасында Олимпиада шоққысын гөзлеген спортшымызға Париж Олимпиадасында алтын медальды ийелеўине тилеклеслик билдиремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.