ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Төрткүл районы ҳәкимиятында “Исбилерменлер менен ашық-айдын сөйлесиў” жойбары шеңберинде семинар шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы, район ҳәкимлиги, жуўапкер шөлкем ўәкиллери, исбилерменлик субъектлериниң басшылары қатнасты.

Семинарда исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер, банклер тәрепинен физикалық тәреплер ушын берилип атырған кредитлердиң түрлери ҳәм шәртлери, керекли ҳүжжетлер, финанслық, бюджетлестириў, үнемлеў, инвестициялаў, кредит ҳәм қарыз сыяқлы мәселелер талқыланды.

Қатнасыўшыларға социаллық тармақлардағы түрлише, атап айтқанда, ақшаға  қызықтырыў, ҳәр қыйлы алдаўларға исенбеў, пулларды аманатта сақлаў, банклердеги аманатлар, субсидия ажыратыў ҳәм тәлим кредити бойынша да толық мағлыўматлар берилди. Буннан тысқары усы жойбар шеңберинде исбилерменлердиң усыныс ҳәм мүрәжатлери тыңланды.

Атап айтқанда, Төрткүл районындағы “Зухра Жулдыз” тойханасының баслығы тойхананы реконструкциялаў ушын кредит сораған. Бирақ, банк тәрепинен арза айырым себеплерге бола бийкарланған. Арза ийесиниң пикирине қарағанда, кредит ушын гиреў бар. Бирақ, оны гиреў сыпатында баҳалаўдан бас тартылмақта. Себеби, оның ески имарат екенлиги сылтаў етилмекте. Бул мәселе бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғыны айтылды.

Уллыбағ АПЖ да жасаўшы тағы бир жеке исбилермен қой терисинен тақыя тигиў бойынша жумыс алып барады екен. Кейинирек өз жумысын кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 14. 09. 2023-жыл 14-сентябрьдеги ПҚ-306-санлы қарары бойынша 100 миллион сумлық кредит алыўға арза берген. Арза барлық басқышлардан өтип банк ықтыярында қалады. Банк тек 40 процент ақшасын тәмийнатшыға өткерип береди. Қалған 60 проценти түсирилмейди. Мүрәжат ийеси сол 60 процент пулды тезирек түсирип бериўге жәрдем көрсетиўин сорады. Бул бойынша банк тараўы ўәкиллери машқаланы үйренип шығыўды ҳәм қадағалаўға алыўға келисип алынды.

Исбилерменлер тәрепинен көтерилген машқалалардың айырымларына нызам шеңберинде толық түсиниклер берилген болса, ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.