Туўылған күним мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, өзлериниӊ қызғын қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклерин жоллаған сырт мәмлекетлер, ҳүкимет ҳәм парламентлер басшылары, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, исбилермен топар ўәкиллерине, халықаралық шөлкемлердиӊ жетекшилерине, мәмлекетимиздеги мәҳәллелер халқы ҳәм мийнет жәмәәтлерине, барлық ўатанласларыма тереӊ миннетдаршылық билдиремен.

Мениӊ атыма билдирилген бул қутлықлаў ҳәм тилеклерди, бәринен бурын, Өзбекстан халқы ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет ҳәм сыйласық, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформаларға ҳәм елимиздиӊ жарқын келешегине болған исенимниӊ көриниси сыпатында қабыл етемен.

Пурсаттан пайдаланып, мийнеткеш, кеӊпейил ҳәм уллы хылқымызға және бир мәрте шын жүректен өзимниӊ шексиз перзентлик меҳирим ҳәм ҳүрметимди билдиремен.

Исенимим кәмил, ел-журтымыздыӊ пидәкерлик мийнети, үлкен дөретиўшилик потенциалы ҳәм аўызбиршилиги менен Жаӊа Өзбекстанды қурыў бойынша өз алдымызға қойған уллы мақсетлерге әлбетте, жетемиз.

 

Тереӊ ҳүрмет пенен,

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти