Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сәўбетлести.

Әзербайжан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.

Өзбекстан-Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Екинши Аймақлар форумы, Ҳүкиметлерарлық комиссия мәжилиси ҳәм бир қатар биргеликтеги мәдений илажлардың нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың экономикалық күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин де додалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги