Киши бизнес субъектлериниӊ мәмлекетимиз экономикасыныӊ раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниӊ барлығы статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи. Статистика-бул белгили бир тараўда исленип атырған экономикалық-социаллық раўажланыўдыӊ көринислери, реформалардыӊ орынланыўын бақлап, талқылап, пуқталап ҳәм бул ҳаққында мағлыўматларды таярлап барыўшы тараў болып табылады.

Республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы усы жылдыӊ январь-июнь айларында 5 трлн. 220 млрд. 612,1 млн. сумды қурап өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 107,3 процентти қураған.

– Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (20,4 %), Төрткүл (11,9 %), Хожели (9,0 %)  Әмиўдәрья (8,7 %) ҳәм Қоӊырат (7,7 %) районлары усақлап сатыў товар айланысыныӊ өсиўине унамлы тәсирин көрсетти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының Сыртқы экономиклық байланыс ҳәм саўда статистикасы бөлими баслығы П.Боранбаев.

Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 2598,7 мыӊ сумға жетип, 105,8 процентти қурады. Орташа халықтың жан басына товар айланысыӊ еӊ жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.

Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясаты тәсиринде олардыӊ экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.
2024-жыл январь-июнь айлары жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниӊ товар айланысы өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,6 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниӊ үлеси 97,1 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниӊ усақлап сатыў  тараўындағы үлеси де салмақлы болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.