Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Басшысы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сәўбетлести.

Түркменстан миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы көп тәреплеме, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелери додаланды. Жақында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыўды және де көбейтиў, жаңа кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм мәдений алмасыўды раўажландырыў атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги