Мәмлекетимизде соңғы жыллары халыққа мәмлекетлик хызметлери көрсетиў системасында реформалар әмелге асырылып, пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў жумыслары жақсыланып бармақта.
Усы қатарда кексе, бағыўшысын жоғалытқан мийнетке жарамсыз халыққа пенсия белгилеў бойынша көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлери апиўайыласқан ҳалда әмелге асырылыўы жолға қойылды.
Жақынға шекем пенсия белгилеў ушын пуқаралар тек ғана турақлы жасаў яки ўақтынша турған орны бойынша Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала) бөлимине арза менен мүрәжат етиўлери керек еди.
Президентимиздиң 2023-жыл 31-октябрьде қабыл еткен «Халыққа пенсия белгилеў бойынша көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлери сапасын және де арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар пуқараларға мәмлекетлик пенсиясы белгилеў бойынша жаңа имканиятлар жаратылды.
Қарарға тийкар 2024-жыл 1-январьдан баслап пуқара яки оның нызамлы ўәкилине жасаў орнынан қатаң нәзер, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәмлекетлик хызметлери орайында сораўнама яки Өзбекстан Рспубликасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы сораўнама толтырған ҳалда пенсия белгилеўди сорап мүрәжат етиў хуқықы берилди. Буның нәтийжесинде пуқараларға пенсия белгилеў бойынша өзлерине қолай усылда мүрәжат етиў имканиятлары жаратылды.
Бул сыяқлы қолайлықлар, әлбетте, халықты өмирден разы болып жасаўға, мәмлекетлик басқарыўына исенимниң артып барыўына хызмет етеди.
ӨзА