Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилиси өткерилип, оған партияның районлық Кеңеси хызметкерлери, депутатлық топары ағзалары, жуўапкер шөлкем ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте районды абаданластырыў, қоршаған орталықты қорғаў бойынша усы жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелери туўралы район ҳәкиминиң қурылыс, экология ҳәм абаданластырыў бойынша орынбасары Батыр Ерназаровтың есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылы район аймағында 58 объектте жәми 91,0 млрд. сумлық социаллық тараў объектлерин оңлаў ҳәм жол инфраструктурасы объектлерин реконструкциялаў жумыслары алып барылған.
Тәбийғый газ бойынша жәми 39 767 тутыныўшы, соннан 14 456 шаңарақ ҳәм 351 юридикалық тутыныўшы тәбийғый газ, 24 960 хожалық суйылтырылған газ бенен үзликсиз тәмийинленип келинбекте. Бүгинги күнде “Әмиўдәрьярайонгаз” газ тәмийнаты бөлиминде суйылтырылған газ толтырыў шақапшасы бар. Хожалықларға 4 аймақтағы шақапшалар арқалы 30-40 күн аралығында суйылтырылған газ баллонлары жеткерип берилмекте. Соның менен бирге, тәбийғый газ тутыныўшыларына тәбийғый газ басымын турақлы жеткериў мақсетинде районның Айбек, Бостан, Наўайы ҳәм Шардара МПЖ аймақларындағы 6,85 километрлик узынлықтағы газ тармақларын күнделикли оңлаў режелестирилген болып, бул жумыслар әмелге асырылғаннан кейин жәми 3 мың 373 хожалықтың тәбийғый газ тәмийнаты жақсыланады.
Электр энергиясы бойынша жәми 42 717 тутыныўшы, соннан 40 194 шаңарақ ҳәм 2523 юридикалық тутыныўшы электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинленип келинбекте. Соңғы бир жылдың өзинде барлық дәреклер есабынан 14,5 млрд. сумлық қаржы есабынан район бойынша 97 трансформаторлық пунктлер орнатылып, 50,5 километрлик узынлықтағы СИП кабельлерин тартыў жумыслары алып барылған.
– Районда 212,6 мың адам жасамақта,-дейди ҳәким орынбасары Б.Ерназаров. – Соннан 103,1 мың адам, яғный 48,5 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрель күнги ПҚ-4271-санлы қарарына тийкарланып райондағы халықты таза ишимлик суўы менен қамтып алыў дәрежесин және де арттырыў мақсетинде Азия раўажланыў банкиниң кредит қаржылары есабынан жәми 41,98 миллион долларлық ири 2 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Жойбар шеңберинде 40 мың м3/сут.лик “Маңғыт” суў тазалаў қурылмасын тазадан қурыў ҳәм 68,5 километрлик магистраль ҳәм 289,2 километрлик ишки суў тармақларын тартыў белгиленген.
Ҳәзирги күнде жумыслары басланып 1,893 миллион долларлық жумыслар әмелге асырылған. Жуўмақлаў мүддети 2025-жылдың ноябрь айы.
Мәжилисте депутатлар баянаттағы айтылғанлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.