«Өзбекстан Республикасында туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлердиӊ ағымын және де арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-102-санлы, 18.07.2024ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2024-жыл 1-сентябрьден кириў туризми жумысын әмелге асырыўшы резидент болған туроператорларды сырт мәмлекетлерден республикаға туристлерди алып келиўде айланба қаржы менен тәмийинлеў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен республика коммерциялық банклери арқалы миллий валютада жыллық 14 процент ставкада кредит линиясы ашылады.
Онда:
- белгиленген жыллық процент ставкасы қурамында банк маржасы 3 проценттен артпаған муғдарда орнатылады;
- кредит қаржылары туроператорларға 2 жыллық жеӊилликли дәўир (процент ҳәм тийкарғы қарыздан) менен 10 жыллық мүддетке ажыратылады;
Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен коммерциялық банклерге ресурслар 3 жыллық жеӊилликли дәўир менен 12 жыллық мүддетке ажыратылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги