«Ялла» топары солисти Фарруҳ Закировқа «Әзербайжан халық артисти» ҳүрметли атағы берилди.

Бул ҳаққында «Xabar.uz»ға әзербайжанлы белгили журналист Намиқ Делидағли мәлим етти.

Делидағлидиң өз дәреклерине сүйенип жазыўынша, мәмлекет президенти Илҳам Алиев усы жылдың 22-июль күни Фарруҳ Закировқа еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды раўажландырыўға қосқан үлеси ушын усы жоқары сыйлықты тапсырыўға тийисли қарарға қол қойған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги