Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Ҳақ жол сизге питкериўшилер!» атамасында усы оқыў орнын табыслы тамамлаған питкериўшилерге диплом тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажды филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Утемуратов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Кешеде филиалдың бир қатар профессор-оқытыўшылары шығып сөйлеп, питкериўшилерди жоқары оқыў орнын питкерип шыққаны менен қутлықлады ҳәм олардың алдағы жумысларына табыслар  тиледи.

Соңынан илажда питкериўшилерге дипломлар тапсырылып, олар тәрепинен устаз-оқытыўшыларға миннетдаршылықлар билдирилди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 2023-2024-оқыў жылында 17 бакалавриат тәлим бағдары бойынша 285 питкериўши питкерип шықпақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.