Бир неше күннен соң, яғный 24-июль күни Франция пайтахты Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынлары басланады.
Бул жарысларға елимизден 19 спорт түри бойынша 90 спортшының қатнасыўы күтилмекте.
Ал, Олимпиадаға қатнасыўшылар саны бойынша Орайлық Азия мәмлекетлери қандай көрсеткишке ийе.
Бул бойынша мағлыўматларға нәзер таслайтуғын болсақ, Қырғыз Республикасы бул жарысларға спорттың 4 түри бойынша 16, Тәжикстан 6 спорт түри бойынша 14, Түркменстаннан 4 спорт түри бойынша 6 ҳәм Қазақстаннан 20 спорт түри бойынша 79 спортшы менен қатнасады.
Соның ишинде, Қазақстан Республикасы атынан қатнасыўшы 9 спортшы сырт елли легионерлер болып есапланады. Атап айтқанда, теннисшилерден Елена Рибакина, Юлия Путинцева, Александр Бублик, Александр Шевченко, Александр Недовесов, триатлоншы Екатерина Шабалина, палўан Юсуп Батирмузаевлар негизинде россиялы спортшылар болса, жеңил атлетикашылардан Нора Жеруто ҳәм Дейзи Жепкемейлер кениялы атлетшилер болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.