ӨзЛиДеПтиң “Исбилерменлер менен ашық-айдын сөйлесиў” жойбары шеңберинде партияның Қанлыкөл районлық Кеңеси тәрепинен райондағы “LAN-S” ЖШЖ не саяхат шөлкемлестирилди. Бул кәрхана Қытай-Өзбекстан қоспа кәрханасы болып, 2018-жылы дизимнен өткен ҳәм 2020-жылы иске түскен.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти исенимли қорғаўды тәмийинлеў, оларды жедел раўажландырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бул ҳәр бир шаңарақта исбилерменликке, реал дәраматқа ийе болыўға бейимлик сезимин қәлиплестирмекте. Булардың барлығы мәмлекетимизде өндирислик кәрханалардың ҳәм хызметлердиң үлкен түрлериниң, көплеген жаңа жумыс орынларының пайда болыўына тийкар болмақта.

Исбилерменлер – дәслеп, өз мийнети менен абаданлыққа ерисетуғын, жәмийетте турақлылық ҳәм аўызбиршиликтиң беккемлениўине умтылыўшы адамлар. Исбилермен тек ғана өзин ҳәм шаңарағын емес, ал халықты да, мәмлекетти де бағады.

Кәрхана менеджери Тимур Жақсылықов партия белсендилерин ҳәм исбилерменлерди кәрхана жумыслары менен жақыннан таныстырды.

Мағлыўматларға қарағанда, бояннан 110 нан аслам түрдеги дәри өнимлери алынады екен. Сондай-ақ, ол санааттың 20 бағдарында пайдаланылады. Бундай өзгешелик басқа өсимликлерде аз ушырасады.

Кәрханада боян тамыры 4 басқышта қайта исленеди. Күнине 4 тонна өним ислеп шығарылады. Кәрханада 315 жумысшы-хызметкерлер 3 сменада жумыс алып барады.

– Өнимлеримиз Япония, Корея ҳәм Франция мәмлекетлерине экспорт етилип атыр,-дейди Т.Жақсылықов. – Кәрхананың қосымша филиалы да алты айдан кейин иске түсиўи күтилмекте. Онда да 3 сменада жумыс алып барылып, боян тамыры ол жерде ярым таяр ҳалында қайта исленеди ҳәм 400 адамның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилмекте.

Ушырасыўда партия белсендилери ҳәм қәнигелердиң тараўға байланыслы өз-ара пикир алысыўлары өткерилип, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.