Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Ҳақ жол сизге, питкериўши!” сүрени астында 2023-2024-оқыў жылы питкериўшилерине диплом тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда филиал басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландыў комитети ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм ата-аналар қатнасты.

Илажда филиал директоры, профессор Адилбай Есимбетов жаңа өмирге қәдем таслап атырған жасларды қутлықлап, олардың алдағы жумысларында тасқын табыслар тиледи. Сондай-ақ, атан-аналар сөзге шығып, перзентлерине тәлим-тәрбия берген профессор-оқытыўшыларға миннетдаршылық билдирди ҳәм питкериўшилерге ҳақ жол тиледи.

Буннан кейин ветеринария медицинасы бағдарының питкериўши жаслары салтанатлы жағдайда “Ветеринар анты”н қабыл етип, келешекте өзлери таңлаған кәсибине садық болатуғынлығын билдирди.

Илаж соңында питкериўшилерге дипломлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Филиалдың “Қаракеңше онлайн” топары ағзаларының концерт бағдарламасы қойып берилди.

Мағлыўмат орнында, быйылғы оқыў жылында филиалды 5 бағдар бойынша жәми 356 студент питкерип, өзлери таңлаған қәнигеликлери бойынша дипломга ийе болғанлығын атап өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.