Испанияныӊ абырайлы университетлеринен бири есапланған UNIVERSAE Өзбекстанда өз филиалын ашыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Дунё» МА хабар берди.
Мәлим етилиўинше, Өзбекстан елшиси Фаррух Турсунов Испанияныӊ UNIVERSAE университетиниӊ институционаллық байланыслар бойынша директоры Мануэль Газапо Лапаезе ҳәм усы жоқары билимлендириў мәкемесиниӊ Мадрид қаласындағы бөлиминиӊ директоры Саид Хамед Вахдат Ахмадзода менен сөйлесиўлер өткерген.
Сөйлесиўлер даўамында Испания ўәкиллери UNIVERSAE жумысына байланыслы мағлыўматлар менен ортақласып, жоқары билимлендириў мәкемесиниӊ мақсети, ўазыйпалары ҳәм перспективалы режелери ҳаққында айтып берген, деп мәлимлеме береди хс.уз
Оған бола, университет тек ғана сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери емес, ал ири кәрханалар менен билимлендириў тараўында бирге ислеседи ҳәм оларды керекли маман қәнигелер менен тәмийинлейди. Жаӊаша оқытыў системасын енгизген ҳалда университетте ҳәр жылы экономиканыӊ түрли тараўларында ислеў ушын мыӊлаған жоқары маман қәнигелер таярланбақта.
Испания тәрепи Өзбекстанныӊ өсип баратырған экономикалық, социаллық, демографиялық потенциалын, оныӊ қоӊсы мәмлекетлер менен алып барып атырған дослық сыртқы сиясатын итибарға алып, университет ўәкиллери UNIVERSAE ниӊ мәмлекетте филиалын ашыў усынысын алға қойған.
Сондай-ақ, олар Өзбекстан Орайлық Азияныӊ толық билимлендириў ҳабына айланатуғына исеним билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги