Қумшүңгиллилер имканиятлардан қалай пайдаланбақта?

309

Исбилерменлик дәўир талабы екенлигин түсинген көпшилик заманласларымыз бүгинги күни усы тараў менен шуғылланып, олар өзлериниң исбилерменлик жумысларын жолға қоймақта.

Әсиресе, бунда аймақлардағы ҳәким жәрдемшилериниң атқарып атырған хызметлери айрықша болмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң тараўды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша шығарған пәрман ҳәм қарарларын турмысқа енгизиў мақсетинде әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде, исбилерменлер саны артып, жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленбекте.

-Усы жылдың басынан берли аймағымыздағы 140 пуқараға өзлериниң исбилерменлик жумысларын жолға қойыўы ушын «Халық банки»ниң Кегейли районлық бөлими ҳәм аўыл пуқаралар жыйынына қәўендер етип бекитилген «Асака банк»тиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 480 млн сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, аймақтағы еки жүзге шамалас халықтың бәнтлиги тәмийинленди,-дейди Қумшүңгил елатындағы ҳәким жәрдемшиси Климент Қурбанов.- Ҳәзирги ўақытта үш жерде сабын, қам гербиш, пеноблок  ислеп шығарыў цехы,   бир автомошиналарға хызмет көрсетиў  орайы,  бес орында саўда дүканы, асхана ҳәм моншахана ислеп тур. Сондай-ақ, шарўашылық, дийқаншылық  ҳәм пал ҳәррешилик пенен шуғылланыўшы пуқаралар ушын да жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.

Усылар менен бир қатарда, «бир аймақ, бир өним» бағдарламасы тийкарында аймағымыздағы алдынғы фермер  Абат Қайыпназаров тәрепинен 16 жасқа 7 гектар жерге гешир егип берилип, оларға пуқаралар тәрепинен тәрбия жумыслары жүргизилмекте.

Шынында да, соңғы жыллары мәмлекетимизде халықтың, соның ишинде, жаслардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Оннан өнимли пайдаланып атырған заманласларымыз тек өзлериниң емес, ал, басқа да пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлемекте.

-Россияның Ростов ўәлаятында жумыс ислеп жүрип, Калифорния қуртын бағыўды үйренип едим,-дейди аймақ турғыны Саламат Өтепбергенов.-Бул жумысларды өзимиздиң аўылда да баслаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде, өткен жылы жумысты баслаған едим. Нәтийжеси жаман болмады. Бизлердиң таярлаған биогумусларымыз ишки базарда өз қарыйдарларын таўып, бул өнимге деген талап артып бармақта. Бул мәселе бойынша аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Клим ағаға ойлассам, ол маған бизнес реже дүзип берди ҳәм усы тийкарда «Халық банки»ниң Кегейли районлық бөлиминен 33 млн сум жеңиллетилген кредит алдым. Ҳәзирге күнлери бул қаржылар есабынан жумысларымызды  кеңейтип, оны раўажландырып атырмыз. Усы жерде бизлердиң идеяларымызды қоллап-қуўатлап, өзлериниң жәрдемин берип атырған елимиз басшыларына, аймағымыздағы ҳәким жәрдемшисине өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Қумшүңгилде Саламатқа уқсаған искер ҳәм уқыплы жаслар оғада көп. Олар өзлерине жаратылып берилип атырған имканиялардан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлик жумысларын жолға қоймақта.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.