Өзбекстан ҳәм Қатар ҳүкиметлери арасында туризм ҳәм исбилерменлик илажлары тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Қатар мәмлекети ҳүкиметлери арасында туризм ҳәм исбилерменлик илажлары тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Келисимге 2023-жыл 2-октябрьде Доҳа қаласында қол қойылған.
Туризм комитети бул халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргенинен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги