Қарақалапақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондыныӊ грант бағдарламасы тийкарында   Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм «Жайҳун илҳамлары» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте таярланған «Дәўир дәрти» атамасындағы спектаклдиң премерасы болып өтти.

Бүгинги дәўир машқаласына айланған дәмегөйлик, коррупция сыяқлы жат иллетлердиң  алдын алыўға бағышланған спектакльдиӊ сценарий авторы Байжан Узақов, сахналастырыўшы режиссёры Марс Нуратдинов.

Спектакльде Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрыныӊ талантлы актёрлары өз рольлерин табыслы атқарып шықты.

Премьераға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Т.Романов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.