Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Исбилерменлер менен мәҳәлле кесиминде ислесиў бойынша «Ғиждуўан тәжирийбеси» тийкарында район ҳәкимлерине жылдың ақырына шекем 1 мың мәҳәлледе вертикал өсетуғын санаат имаратларын шөлкемлестириў тапсырылды.

Бундай имаратларда шаңарақларда шөлкемлестирилген, бирақ кеңейиў имканияты болмаған ислеп шығарыўшылар ушын шараятлар жаратылады.

Бул санаат орайларының екинши ҳәм оннан жоқары қабатларында жумыс ислеп атырған исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи.

ӨзА