Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде район дәрежесинде үлкен жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған «Зарбдор тәжирийбеси» тийкарында санаат, саўда, хызмет ҳәм замананөй агротехнологиялар тараўында кеминде 5-7 ден «драйвер» жойбар ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Олар районлардағы санаат зоналары, бос турған мәмлекетлик объектлерге жайластырылады.

Ең жақсы жойбарларға усы жылы 500 миллиард сум ажратылыўы белгиленди. Бул арқалы және 150 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин.

Улыўма, айтылған 4 тәжирийбени қоллаған ҳалда жылдың ақырына шекем 2 миллион 416 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режесин тастыйықлаў тапсырылды.

 

ӨзА