Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы өзиниң бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги менен халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында  тәрбиялаў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасында әзелий дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан үлкен дөретиўши болып есапланады. Терең ойшыл шайырдың қосық ҳәм дәстанларында сәўлеленген гуманистлик философиялық көзқараслар елимиздиң кеўлинен терең орын ийелеген.

Хийўадағы белгили Шерғазыхан ҳәм Қутлымурат-инақ медреселеринде билим алған бул уллы тулға тек ғана мәмлекетимизде емес, ал пүткил регионымызда халықшыл шайыр, жетик муғаллим ҳәм устаз, шебер каллиграф сыпатында тән алынғаны, оғада итибарға ылайық болып есапланады. Оның гөззал шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳәм басқа да туўысқан халықлар тәрепинен де сүйип оқылмақта.

Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени де оның дөретиўшилик мийрасы улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди.

Әжинияз Қосыбай улының бийтәкирар әдебий мийрасын және де кеңнен үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәм туўылған күниниң 200 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары, ЮНЕСКО ислери бойынша миллий комиссия, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Көркем өнер академиясы ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мәмлекетимизде кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
  3. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) бир ҳәпте мүддетте Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў ҳәм оның дөретиўшилик мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша төмендеги ўазыйпаларды нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын ҳәм оның өз ўақтында, сапалы орынланыўын тәмийинлесин:

шайырдың «Таңламалы шығармалар» топламын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў, оның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышлап дөретилген көркем, илимий-ғалабалық шығармаларды қайта басып шығарыў ҳәм презентацияларын өткериў;

мәмлекетлик буйыртпаға бола Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахна шығармалары ҳәм «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильмин жаратыў ҳәм олардың презентацияларын шөлкемлестириў;

Нөкис қаласында шайырдың дөретиўшилигине бағышланған «Айт, сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында мәмлекетимиз жас дөретиўшилериниң таңлаўын, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған шығармалар таңлаўын өткериў;

2024-жылдың сентябрь айында Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған китаплар, сүўретлеў көркем өнери шығармалары ҳәм халық әмелий көркем өнер үлгилери көргизбесин өткериў;

2024-жылдың октябрь айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениў атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў;

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шайыр музейин шөлкемлестириў;

Әжинияз Қосыбай улының Мойнақ районындағы қойымшылығын абаданластырыў ҳәм оған естелик орнатыў, бул районда Әжинияз Қосыбай улы атындағы экопарк жаратыў;

мәмлекетимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал, улыўма орта билим бериў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлардың қатнасыўында Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығына бағышланған ушырасыў ҳәм әдебий кешелер шөлкемлестириў;

2024-жылдың ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығына бағышланған салтанатлы әдебий-көркем еслеў кешелерин шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў тийисли министрликлер, уйым ҳәм шөлкемлерге ажыратылған бюджет қаржылары, олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 16-июль