25-30-август күнлери Самарқанд қаласында «Шарқ тароналари» ХIII халықаралық музыка фестивалы болып өтеди.
«Шарқ тароналари» Орайлық Азиядағы ең үлкен фестивальлардан бири есапланады. Фестивальдың өткерилиўинен тийкарғы мақсет миллий музыка көркем өнеринде ерисилген жетискенликлерди кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў, миллетлердиң музыкалық мәденияты ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, сәзенделик ҳәм қосықшылық бағдарындағы талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, халықаралық дөретиўшилик байланысларын кеңейтиў, тынышлық, дослық ҳәм өз-ара кеңпейиллик идеяларын үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
1997-жылы шөлкемлестирилип, биринши рет өткерилген «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында 31 мәмлекеттен музыкалық топарлар ҳәм атқарыўшылар келген болса, 2019-жылы өткерилген ХII «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында қатнасыўшы мәмлекетлер саны 75 ке жеткен еди.
2024-жылдың 25-30-август күнлери өткерилиўи режелестирилген «Шарқ тароналари» ХIII халықаралық музыка фестивалында қатнасыў ушын 100 ден аслам мәмлекетлерге мирәтнамалар жиберилди.
Ҳәзирги ўақытта фестивальда қатнасыў бойынша сырт мәмлекетлерден, атап айтқанда, Япония, Индонезия, Польша, Беларусь Республикасы, Әзербайжан, Грузия, Италия ҳәм басқа да бир қатар Шығыс Азия мәмлекетлеринен арзалар келе баслады.
Ўатанымызда өткерилиўши «Шарқ тароналари» халықаралық фестиваль Орайлық Азияда емес, ал дүнья жүзи көлеминдеги белгили фестивальлар қатарынан орын алып үлгерди. Буның жарқын мысалын жылдан-жылға бул фестивальда қатнасыў нийетин билдирип атырған мәмлекет санының, бағдарлама дәрежесиниң артып атырғанында да көриў мүмкин.
Н.Усмонова, ӨзА