Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул ҳаққында палатаның баспасөз хызмети хабар берди.
Нызам жойбарына бола, Жер кодекси, «Ижара ҳаққында»ғы ҳәм «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи. Атап айтқанда, Жер кодексиниң жер участкасы ижарасы ҳаққындағы 24-статьясына өзгерис киргизилип, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы ижараға бериў белгиленбекте.
Буннан тысқары, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары ижарашыларға ижараға берилген жер участкалары бойынша өз ҳуқық ҳәм миннетлемелерин басқа шахсқа өткериўге, яғный қайта ижараға бериўге рухсат етилиўи де мүмкин.
Усы нызам жойбарында келтирилиўинше, жер участкасын ижараға алыў ҳуқуқы кредит алыў ушын гиреўге қойылған ҳәм кредит миннетлемеси орынланбаған жағдайда, кредиторлар тәрепинен усы жер участкаларына болған ижара ҳуқықын жерден пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда онлайн-аукцион арқалы реализациялаў етиў тәртиби енгизиледи.
Сондай-ақ, депутатлар нызам жойбарының қабылланыўы менен аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге бериўде түрли тартыслы талапларға сүйенген ашық электрон таңлаў орнына ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған электрон онлайн-аукцион саўдалары енгизилиўин атап өткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги