Омбудсманның нызамшылық бағдарындағы усынысларын төменги палатаға киргизиў ҳуқықы белгиленбекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған «Өзбектан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
– Усы нызам жойбары менен Омбудсман өз алдында турған ўазыйпаларын тосқынлықсыз ҳәм нәтийжели әмелге асырыўы ушын қосымша кепилликлер ҳәм оның ҳуқықлары, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын исенимли қорғаў илажлары белгиленбекте, – деди Нызамшылық палатасының комитет баслығы Ш.Бафаев. – Сондай-ақ, Омбудсманның жумысы ҳаққындағы баянат Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде ҳәр жылы тыңланатуғыны нәзерде тутылмақта. Мәмлекетлик уйымлар соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары тәрепинен инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў жағдайы ҳаққында Омбудсман тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Олий Мажлис палаталарына системалы түрде мәлимлеме бериў тәртиби беккемленбекте.
Буннан тысқары, Омбудсман тәрепинен ҳәр жылы 15-мартқа шекем Олий Мажлис палаталарына қыйнаўға салыў жағдайларының алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлеме бериў нәзерде тутылмақта. Омбудсманның нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизиў ҳуқықы белгиленбекте.

Сөйлесиўлер даўамында фракция ағзалары нызам жойбарының әҳмийетли екенин атап өтип, киргизилип атырған жаңа нормалар Омбудсманның жумысын және де жетилистириўге, оның инсан ҳуқықларын қорғаў, халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыўдағы қатнасын кеңейтиўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Мәжилисте сондай-ақ, «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын әпиўайыластырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм басқа нызам жойбарлары толық көрип шығылды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА