Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-июль күни Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим менен телефон арқалы сөйлести.
Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, Малайзия Бас министриниң усы жылы май айында Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген келисимлердиң орынланыўы көрип шығылды.
Парламентлераралық, ҳүкиметлераралық, исбилерменлик байланыслары сезилерли жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 29-май күни Путражая қаласында Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди. Өзбекстан-Малайзия исбилерменлер кеңеси дүзилди.
Санаат, «жасыл» энергетика, нефть-химия, электротехника ҳәм басқа да тармақларда жетекши компаниялардың кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Гуманитар алмасыў ҳәм зыярат туризми бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў илажлары додаланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси көрип шығылды.
ӨзА