Қарақалпақстан делегациясының Башқуртстанға сапары шеңберинде Россиядағы ең заманагөй заводлардың бири болған ERSO электротехника Холдингине тийисли Уфа трансформатор заводы жумысы менен жақыннан танысты.
Улыўма 12 ГВт көлеминдеги трансформатор үскенелерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе заводта 400 ден артық жумысшы-қәниге мийнет етпекте. Жоқарғы Кеңес Баслығы завод пенен байланысларды орнатыў, Қарақалпақстанда электр ҳәм трансформатор үскенелерин ислеп шығарыўда Башқуртстан тәжирийбеси тийкарында жумысларды шөлкемлестириў кереклигин атап өтти. Кәрханалардың жумыслары менен танысыў даўамында “ИНТЭКО”заводының жумыслары да көзден өткерилди.
Буннан соң, делегация ағзалары “Евразия” базарына барды ҳәм бул жерде Өзбекстанда, соның ишинде, Қарақалпақстанда өндирилген палыз, баў-бақша ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў мәселелери бойынша ушырасыў өткерилди. Онда Қарақалпақстанның “Граф фортуна логистик” ҳәм “Евразия-Уфа” кәрханалары арасында 1 миллион АҚШ доллар көлеминде, сондай-ақ, “Нукус Дилиша” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “Евразия-Уфа” кәрханасы арасында 5 миллион АҚШ долларлық шәртнамаға қол қойылды. “Евразия” базары аймағында Қарақалпақстанда жетистирилген өнимлер ушын саўда орнын шөлкемлестириў бойынша да келисимлерге ерисилди. Соның менен бир қатарда, “Нукус Дилиша” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине картошка жетистириў ушын Башқуртстан аймағынан 3 мың гектар жер майданын ажыратыў бойынша меморандумға қол қойылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамызда өндирилген аўыл хожалығы өнимлерин базар арқалы Россия регионларына кең түрде жеткерип бериў, бул бағдарда саўда ҳәм товар алмасыў қатнасықларын кеңейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берип, исбилерменлерди бул имканиятлар менен кеңирек таныстырыў кереклигин айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.