Өзбекистан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өткен жылларда электрон аукцион саўдаларды шөлкемлестириў арқалы мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын және анықлығын тәмийинлеў ушын оларды жетилистириў илажлары көрилди.
Экономика тармақларында ҳәм социаллық салада әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар шеңберинде товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыў бойынша ведомстволараралық тендер комиссиялары, сондай-ақ, жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен таярланған тендер ҳәм жойбаралды ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў бойынша қәнигелескен тармақлық эксперт кеңеслери шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаў соны көрсетти, мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўдың және тендер саўдаларын шөлкемлестириўдиң әмелдеги тәртиби заманагөй талапларға жуўап бермейди, ҳәр қыйлы коррупция көринислери ушын шараят жарататуғын көплеген келисиў процесслери, бирин-бири тәкирарлайтуғын тәртип-қағыйдалар ҳәм немқурайдылық жағдайларының болғаны себепли оғада қыйын есапланады.
Атап айтқанда, ведомстволараралық тендер комиссияларының баянламаларын келисиўди ҳәм тастыйықлаўды өз ишине алатуғын тендер процесслериниң айырым жағдайларда алты айға шекем созылыўы бақланбақта, бул болса жойбарлар, соның ишинде, шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлардың әмелге асырылыўының кешиктирилиўине және тармақлық кестелердиң бузылыўына алып келмекте.
Баҳаны манипуляциялаў, товарлардың сапасы, классификациясы ҳаққындағы мағлыўматларды бузып көрсетиў ҳәм электрон саўдада дүзилген келисимлер бойынша товарларды жеткерип бермеў жағдайлары оғада көп.
Товарлар (жумыслар, хызметлер)ды мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, усы салада қыянет етиў жағдайларының алдын алыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- 1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 24-июльдеги «Өзбекистан Республикасында жойбарлаўды басқарыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5120-санлы Пәрманы менен Өзбекистан Республикасы Жойбарлаў басқармасын бирден-бир миллий мәлимлеме системасын енгизиў шеңберинде Ресурслардың бирден-бир мағлыўматнамасын ҳәм Мәмлекетлик сатып алыўдың бирден-бир мәлимлеме порталын жаратыў белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:
экономиканың тийисли тармақларында ҳәм социаллық салада әмелге асырылып атырған, бир контракт бойынша 5 миллион АҚШ долларынан жоқары эквиваленттеги инвестициялық жойбарлар шеңберинде товарлар (жумыслар, хызметлер)дың сатып алыныўы бойынша тармақлық ведомстволараралық тендер комиссияларын сапластырыў;
жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен таярланған тендер ҳәм жойбаралды ҳүжжетлери усыныс етилип атырған технология ҳәм әсбап-үскенелер бойынша технология, әсбап-үскенелерди таңлаў ҳәм баҳаларды қәлиплестириў системасында экспертизадан өткериў функциясын атқаратуғын қәнигелескен тармақлық эксперт кеңеслерин сапластырыў;
бир контракт бойынша 300 АҚШ долларынан 100 мың АҚШ долларына шекемги эквиваленттеги товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларын Өзбекистан Республикасы товар-шийки зат биржасы тәрепинен шөлкемлестирилетуғын электрон саўдалар арқалы әмелге асырыўға байланыслы талапты бийкарлаў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2018-жыл 1-январьға шекем товарлар (жумыслар, хызметлер)ды мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар төмендеги эквивалентлерге муўапық, яғный:
1 мың АҚШ долларынан кем болған бир контракт – баҳасы, сапасы ҳәм товарлар (жумыслар, хызметлер)ды жеткерип бериў мүддетлери бойынша ең мақул келетуғын шәртлерди усыныс еткен жеткерип бериўшилер менен тиккелей шәртнамалар дүзиў арқалы;
1 мыңнан 100 мың АҚШ долларына шекемги бир контракт – буйыртпашы дүзетуғын ведомстволық таңлаў комиссиялары тәрепинен баҳаланатуғын ең мақул усынысларды таңлап алыў арқалы;
100 мың АҚШ долларынан жоқары муғдардағы бир контракт – буйыртпашы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты, сондай-ақ, буйыртпашының тармақлық илимий-техникалық кеңеслердиң ўәкиллерин мәжбүрий тартқан ҳалда дүзилетуғын ведомстволараралық таңлаў (тендер) комиссиялары шөлкемлестирилетуғын таңлаў (тендер) саўдаларын өткериў арқалы әмелге асырылады. Бул сатып алыўлар бойынша техникалық шәртлер Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисилген болыўы шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер таңлаў (тендер) комиссияларының қурамлары және тийисли тәртип-қағыйдалар усы қарардың талапларына муўапықластырылыўын тәмийинлесин.
Буйыртпашылардың басшылары мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртибине әмел етпегени, соның ишинде, сатып алыўлардың мақсетке муўапықлығы ушын жынайый жуўапкершиликке тартыўға шекем жеке жуўапкер есапланады.
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Өзбекистан Республикасының инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:
Ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасы ҳәм Мәмлекетлик сатып алыўлардың бирден-бир мәлимлеме порталы жаратылыўын және 2018-жыл 1-январьдан иске түсирилиўин тәмийинлесин;
бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин:
мәмлекетлик (корпоративлик) сатып алыўларды бәсеки тийкарында әмелге асырыўдың анық ҳәм ашық-айдын механизмин, бул салада коррупцияның алдын алыў бойынша илажларды;
мәмлекетлик (корпоративлик) сатып алыўларға исбилерменлик субъектлери кеңнен тартылыўын;
мәмлекетлик (корпоративлик) сатып алыўлардың қатнасыўшылары ушын шағым етиўдиң еркин ҳәм нәтийжели системасын және тәртип-қағыйдаларын жаратыўды;
электрон сатып алыўларды буннан былай да раўажландырыў, нәтийжелерди талқылаў ушын мағлыўматлардың бирден-бир базасын, сатып алыўлардың зәрүр параметрлерин шөлкемлестириўди.
- 6. Әдиллик министрлиги Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 7. Министрликлер ҳәм ведомстволар бир ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М.Садиковқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 23-август
ҲҲҲ
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Товарлар (жумыслар, хызметлер)ды мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды әмелге асырыўдың заманагөй түрлери менен усылларын буннан былай да енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
Т Ү С И Н И К
Елимизде мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар механизмин буннан былай де жетилистириў, тендер саўдаларының ашық-айдынлығын ҳәм анықлығын тәмийинлеў бойынша избе-из және комплексли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, электрон саўдалар енгизилди, Өзбекистан Республикасы товар-шийки зат биржасының арнаўлы мәлимлеме порталы жаратылды, товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыў бойынша, соның ишинде, инвестициялық жойбарлар шеңберинде көп басқышлы ведомстволараралық тендер комиссиялары шөлкемлестирилди.
2016-жыл ҳәм усы жылдың 7 айында Өзбекистан Республикасы товар-шийки зат биржасы майданшаларында 1,7 триллион сумнан аслам суммада 95 мыңнан зыят келисимлер дүзилди.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаў соны көрсетеди, мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың және тендер саўдаларын шөлкемлестириўдиң әмелдеги тәртиби заманагөй талапларға жуўап бермейди, ҳәр қыйлы коррупция көринислери ушын шараят жарататуғын көплеген келисиў басқышлары, бирин-бири тәкирарлайтуғын тәртип-қағыйдалар ҳәм немқурайдылық жағдайлары бар. Буннан тысқары, тендер процесслериниң созылыўы, баҳаны манипуляциялаў, товарлардың сапасы, классификациясы ҳаққындағы мағлыўматларды бузып көрсетиў ҳәм электрон саўдада дүзилген келисимлер бойынша товарларды жеткерип бермеў жағдайлары көп бақланбақта.
Бюджет шөлкемлери тәрепинен товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыўдың әмелдеги нормалары ҳәм тәртиби товар-материаллық байлықлар, соның ишинде, олардың ең зәрүрлери (канцелярия буйымлары, компьютер техникасын ҳәм автотранспортты оңлаў) менен нормал ҳәм турақлы тәмийинлеўде қыйыншылықлар туўдырмақта.
Ақыбетинде бул жойбарлар, соның ишинде, шет елли ҳәм халықаралық қаржы институтларының қәрежетлери есабынан әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўының кешиктирилиўине алып келмекте.
Сонлықтан, Өзбекистан Республикасы Президентиниң қабыл етилген қарары:
экономиканың тийисли тармақларында ҳәм социаллық салада әмелге асырылып атырған, бир контракт бойынша 5 миллион АҚШ долларынан жоқары эквиваленттеги инвестициялық жойбарлар шеңберинде товарлар (жумыслар, хызметлер)дың сатып алыныўы бойынша тармақлық ведомстволараралық тендер комиссияларын сапластырыўды;
жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен таярланған тендер ҳәм жойбаралды ҳүжжетлери усыныс етилип атырған технология ҳәм әсбап-үскенелер бойынша технология, әсбап-үскенелерди таңлаў ҳәм баҳаларды қәлиплестириў бөлиминде экспертизадан өткериў функциясын атқаратуғын қәнигелескен тармақлық эксперт кеңеслерин сапластырыўды;
бир контракт бойынша 300 АҚШ долларынан 100 мың АҚШ долларына шекемги эквиваленттеги товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларын Өзбекистан Республикасы товар-шийки зат биржасы тәрепинен шөлкемлестирилетуғын электрон саўдалар арқалы әмелге асырыўға байланыслы талабын бийкарлаўды нәзерде тутады.
Мәмлекетлик сатып алыўлар системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде жаңадан шөлкемлестирилген Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине ресурслардың бирден-бир миллий мағлыўматнамасы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың бирден-бир мәлимлеме порталы жаратылыўын және 2018-жыл 1-январьдан иске түсирилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының жойбарын ислеп шығыў тапсырылды;
мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды бәсеки тийкарында әмелге асырыўдың анық ҳәм ашық-айдын механизмин, бул салада коррупцияның алдын алыў бойынша илажларды;
мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларға исбилерменлик субъектлери кеңнен тартылыўын;
мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың қатнасыўшылары ушын шағым етиўдиң еркин ҳәм нәтийжели системасын және тәртип-қағыйдаларын жаратыўды;
электрон сатып алыўларды буннан былай да раўажландырыў, нәтийжелерди талқылаў ушын мағлыўматлардың бирден-бир базасын, сатып алыўлардың зәрүр параметрлерин шөлкемлестириўди.
Соның менен бир қатарда, Агентлик Өзбекистан Республикасының инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленди .
2018-жылдың 1-январына шекем анықсызлықларды сапластырыў ҳәм қыянет етиў жағдайларының алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлар төмендеги эквивалентлерге муўапық, яғный:
1 мың АҚШ долларынан кем болған бир контракт – баҳасы, сапасы ҳәм товарлар (жумыслар, хызметлер)ды жеткерип бериў мүддети бойынша ең мақул келетуғын шәртлерди усыныс еткен жеткерип бериўши менен тиккелей шәртнамалар дүзиў арқалы;
1 мыңнан 100 мың АҚШ долларына шекемги бир контракт – буйыртпашы дүзетуғын ведомстволық таңлаў комиссиялары тәрепинен баҳаланатуғын ең мақул усынысларды таңлап алыў арқалы;
100 мың АҚШ долларынан жоқары муғдардағы бир контракт – буйыртпашы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институты, сондай-ақ, буйыртпашының тармақлық илимий-техникалық кеңеслериниң ўәкиллерин мәжбүрий тартқан ҳалда дүзилетуғын ведомстволараралық таңлаў (тендер) комиссиялары шөлкемлестиретуғын таңлаў (тендер) саўдаларын өткериў арқалы әмелге асырылады.
Буннан тысқары, бул сатып алыўлар бойынша техникалық шәртлер Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келисилген болыўы шәрт екени ҳаққындағы талап белгиленди.
Соның менен бирге, қарарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларының жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде олардың тендер саўдаларын шөлкемлестириў бойынша талапларды бузғаны және өткерилген мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың мақсетке муўапықлығы ушын жынайый жуўапкершиликке тартыўға шекем жеке жуўапкер болыўы көрсетилди.
Қабыл етилген Өзбекистан Республиксасы Президентиниң қарары мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўлардың алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ҳәм жойбарлаўды басқарыў принциплеринен пайдаланыўға тийкарланған заманагөй түрлери және усылларына басқышпа-басқыш өтиў жолындағы және бир қәдем болып есапланады.
Қарарда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы бюджет қаржыларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларының мәмлекетлик ҳәм корпоративлик сатып алыўларды әмелге асырыўда еркинлигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға, бюрократияны сапластырыўға хызмет етеди.