Саудия Арабстаны Патшалығы мәлимлеме агентлиги – SPA усы мәмлекеттиң Мәсләҳәт кеңеси «Саудия – Өзбекстан» дослық топарының баслығы Муҳаммад бин Абдулазиз Ал-Жарба басшылығындағы делегация Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасқанын сәўлелендирди.
Мақалада еки басшылардың сиясий ерк-ықрары себепли өз-ара қатнасық көлеми басқышпа-басқыш кеңейип атырғаны атап өтилген. Сондай-ақ, байланысларды және де тереңлестириў жоллары көрип шығылғаны, улыўма пайдалы бир қатар мәселелер, Мәсләҳәт кеңеси ҳәм Сенат арасындағы парламентлик бирге ислесиў перспективасы талланғаны қосымша етилген.
Автор Муҳаммад бин Абдулазиз Ал-Жарба Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанда ислам мәденияты ҳәм ағартыўшылығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалағанын атап өткен.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА