Көпшиликтиң хабары болғанындай усы жылдың апрель айынан баслап «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша самолёт пәрўазы жолға қойылды. Бул авиарейстиң жолға қойылыўы Мойнаққа келиўши сырт елли саяхатшылар менен бирге мәмлекетимиз халқы ушын да қолайлы имканият жаратылды.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти Нөкис аэропортынан ҳаўа кемеси арқалы Мойнаққа пәрўаз етип, районның дыққатқа ылайық орынларын саяхат етти.

Атап айтқанда, филиал жәмәәти Арал теңизи тарийхы музейинде болып, ол жерде Арал теңизиниң кешеги ҳәм бүгинги көринислери, балық консерва комбинатының турмысы, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да көплеген экспонатлар  менен танысты.

-Мойнаққа ақырғы рет 2019-жылы келген едим, -дейди усы филиалдың Баспасөз хаткери Абдиқәдир Оразов.-Усы өткен 5 жыл ишинде де районда көплеген өзгерислер болған екен. Азанғы саат 9:55 те ушқан самолёт 35 минутта  Мойнақ аэропортына келип қонды. Соннан бир күнниң ишинде районның дыққатқа ылайық орынларын аралап, олардан руўхый азық алдық. Халқымызға бундай қолайлы имканиятларды жаратып атырғаны ушын Президентимизге үлкен рахмет айтамыз.

Сондай-ақ, филиалдың профессор-оқытыўшылары Мойнақтың  буннан басқа да дыққатқа ылайық орынларын тамашалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.