Өткен шемби күни Нөкис қаласында “Жаслар күни”, “Olympic Day” халықаралық олимпиада күнине, “Ӯатан қалқаны”на бағышланған ҳәўескерлер арасында “Жаңа нәпес” ғалабалық жуўырыў марафоны өткерилди.

Онда республикамыздағы барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерден, мәкеме, кәрханалардан, оқыў орынларынан ҳәўескерлер қатнасты. Жарыста 7 жастан 70 жасқа шекемги 7 мыңға шамалас қатнасыўшы 3 километр аралыққа жуўырды.















Жарыс жуўмағында ер балалар арасында Р.Искендеров биринши, Е.Тилеўимбетов екинши, Д.Шамуратов үшинши, қызлар арасында Д.Азатова биринши, Р.Наўрызбаева екинши, Д.Аширбаева үшинши орынларды ийелеген болса, имканияты шекленген ер балалар арасында Д.Мәмбетниязов биринши, С.Таңатаров екинши, С.Аймуратов үшинши, имканияты шекленген қызлар арасында М.Есеналиева биринши, Г.Жолдасбаева екинши, А.Сисенова үшинши орынларды қолға киргизди. Буннан басқа бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

Марафон жуўмағында сыйлы орынлардың ийелери ҳәм номинациялар жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж шеңберинде Арқа-батыс әскерий округи әскерий хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары, әскерий оркестр ҳәм көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги