«Жасларды шет тиллерине оқытыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2024-жыл 1-октябрьден:

Жаслар ислери агентлиги ҳәр жылы жеке меншик оқыў орайларының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы кесиминдеги рейтингин дүзеди ҳәм рәсмий веб-сайтында жәриялап барады;

рейтинг нәтийжелерине бола алыс ҳәм узақ аймақларда жумыс ислейтуғын ең жоқары көрсеткишке ийе 100 арнаўлы оқыў орайының билимлендириў процесинде пайдаланатуғын жай ҳәм имаратлар ушын төлеми қәрежетлериниң бир бөлеги компенсацияланады.

2024–2026-жыллары жоқары билимлендириў шөлкемлериниң шет тили филологиясы тәлим бағдары бойынша 3 ҳәм 4-курста оқып атырған ҳәм кеминде С1 дәрежедеги сертификатқа ийе студентлерге улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде оқытыүшы сыпатында жумысы ислеўге рухсат етиледи.

2024-2025-оқыў жылынан ата-аналар ҳәм оқыўшылар талабынан келип шығып, қәнигелестирилген мектеплер ҳәм кәсип-өнер мектеплеринде шет тили сыпатында немис, француз, корейс, қытай ҳәм япон тиллерин оқытыў жолға қойылады.

2025-жылдың 1-январьна шекем инглиз тили, кейинги жыллары басқа шет тиллери ҳәм замагөй кәсиплерди үйретиў бойынша дүньяның жетекши орайлары, жоқары билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў жолға қойылады ҳәм олардың халықаралық билимлендириў стандартларына сәйкес билимлендириў бағдарламалары «Ибрат перзентлери» ҳәм «Устаз» жойбарларына қолланылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги