Май айында Иран президенти Ибраҳим Раисий авиа апатта қайтыс болғаннан кейин өткерилип атырған президентлик сайлаўлары бүгин азанда басланды.

Атап өтилиўинше, конституцияның 131-статьясына бола, президент қайтыс болған ямаса мийнетке жарамсыз деп жәрияланғаннан кейин, оның ўазыйпалары биринши вице-президентке өткериледи. Соннан кейин 50 күн ишинде сайлаў әмелге асырылыўы керек. Сол себепли де ҳәзирги ўақытта мәмлекет басшысы лаўазымын вице-президент Муҳаммад Мохбер ийелеп турыпты.

Президентлик ушын гүресте бурынғы ишки ислер министри Мустафо Пурмуҳаммадий, Иран жоқары баслығының Миллий қәўипсизлик жоқары кеңесиндеги ўәкили Саид Жалилий, парламенттиң әмелдеги спикери Муҳаммад Бағэр Ғолибаф ҳәм бурыңғы денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина билимлендириўи министри Масуд Пезешкиян қатнаспақта.

Даўыс бериўдиң биринши нәтийжелери 29-июнь күни түстен алдын жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги