Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылдың январь-май айларында 2,8 млн сырт ел пуқаралары туристлик мақсетлерде Өзбекстан Республикасына барған.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 248,2 мыңға ямаса 9,6 процентке көбейген.
Усы жылдың январь-май айларында Өзбекстан Республикасына туристлик мақсетлерде келген сырт ел пуқараларының сапар мақсетлери төмендегише (мың):
– ағайинлерин көриў — 2 237,4
– туристлик — 426,5
– хызмет бойынша — 68,4
– коммерциялық — 51,5
емлениў — 46,2
оқыў — 7,4.
Қарақалпақстан хабар агентлиги