Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, демократиялық реформаларды әмелге асырыў жолында белсендилик көрсетип киятырғаны, глобаллық мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги жаңаланыў процесслерин сәўлелендириў, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, заманагөй медиа тармақлары ушын жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Палўанова Мнайим Пирназаровна – «Nukus-Sayahat» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң «Жаслар-ТВ» телеканалы ҳәм «Нөкис ФМ» радиосы директоры.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев