Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды спорт пенен шуғылланыўға қызықтырыў, үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, спорттың Кураш түрин раўажландырыў мақсетинде ҳәр жылы «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы кубоги ушын спорттың Кураш түринен жарыслар өткерилиўи дәстүрге айланған.

Қанлыкөл районындағы «Прокурор кубоги» ушын спорттың Кураш түринен өткерилген жарыслар да шөлкемлескенлик жағдайында өткерилип, қызғын беллесиўлерге бай болды.

Жарыс қатнасыўшыларын район ҳәкими Б.Султанов ҳәм район прокуроры М.Тилеўмуратов қутлықлап, миллий гүрес спорт түриниң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Буннан соң жас палўанлар түрли салмақ категориялары бойынша гилемге шығып, өз-ара күш сынасты.

Район ҳәкимлиги, прокуратурасы, Кураш федерациясының ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген бул жарыс халықаралық «Кураш» қағыйдаларына муўапық алып барылып, жарыстың барысы тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.

Қанлыкөл әзелден палўанлар елаты ”Жүзден жүйрик мыңнан тулпар” палўанлар жеңимпаз болып, жарыс жуўмағы бойынша жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Биринши орынды алған жас спортшылар жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги