Кеше футбол бойынша Европа чемпионатында «B» топарының 3-турынан орын алған еки ойын болып өтти.
Олардың биринде өткерилген 2-турдан соң оғада қыйын жағдайда қалған Хорватия Италияға қарсы гүрес алып барды. Ушырасыўдың биринши таймында дәрўазаларға гол урылмады.
Екинши таймда болса, хорватлар пенальти ислеп алды. Бул пенальтиди команда сәрдары Лука Модрич ура алмады. Бирақ, Хорватия сайланды командасы Италия дәрўазасына қарай ҳүжимди даўам еттирди ҳәм Лука Модричтиң өзи гол урып өз командасын есапта алдыға алып шықты.
Буннан соң италиялылар да бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм төреши тәрепинен қосып берилген 90+8 минутында Закканйи Ливакович қорғап атырған дәрўазаға гол урып, өз командасын келеси басқышқа алып шықты.
Ал, усы топардағы екинши ойында болса, топар жетекшиси Испания Албанияны 1:0 есабында жеңип, 100 процентлик нәтийже менен келеси басқышқа жол алды. Ушырасыўдағы гол 13-минутта Ферран Торрес тәрепинен урылды.
Солай етип өткерилген 3-турдан соң бул топарда Испания 9, Италия 4 упай менен келеси басқышқа жол алыўға миясар болды. Ал, соңғы жыллары ҳәр қыйлы жарысларда сыйлы орынларды ийелеп жүрген Хорватия сайланды командасы болса 2 упай топлап, турнир менен дерлик хошласты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы