24-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Дағыстанда жүз берген терроршылық ҳәрекетлери себепли қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына кеўил билдирди.

Өзбекстан Президенти бул инсаныйлыққа жат күш көрсетиўди қатаң қаралады ҳәм қәўипсизлик тараўындағы улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде тийисли структуралар арасындағы жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, 26-28-май күнлери Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстанға тарийхый сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери де додаланды.

Соның ишинде, көп тәреплеме шөлкемлер шеңбериндеги илажлар режеси де көрип шығылды

ӨзА