Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

 Сыртқы мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў, сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыў ушын пуқараларды шөлкемлестирилген түрде жыйнаў бойынша халықаралық шәртнамалар дүзиў, олардың республикадан сыртта жумыс орынларына қәўипсиз түрде жетип барыўын тәмийинлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға қарамастан, нызамсыз мийнет миграциясының үлкен ағымы елеге шекем сақланып қалып атырғаны атап өтилсин.

Пуқараларды сырт елде шөлкемлестирилген түрде жумысқа орналастырыў, сондай-ақ, мийнет миграциясынан қайтып келген шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў көрсеткишлери төмен дәрежеде қалыўы даўам етпекте.

Сыртқы мийнет миграциясы системасын буннан былай да жетилистириў, оның шөлкемлестириўшилик түрлерин түп-тийкарынан кеңейтиўди әмелге асырыў ушын республикадан сыртқа кетип атырған пуқаралардың мийнет ҳәм социаллық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў, сырт елден қайтып келген мийнет мигрантларын исбилерменликке ҳәм мийнет етиўге тартыўды кеңейтиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден Өзбекстан Республикасында дизимнен өткен юридикалық шахслар:

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында Өзбекстан Республикасы пуқараларын сырт елге жумысқа орналастырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде аккредитациядан өтиў тийкарында, сырт елде жумыс ислеўге  кетип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының кәсиплик қәнигеликке, соның ишинде, кәсиплик көнликпелерге ийе болыў ҳәм шет тиллерди билиў дәрежесин тастыйықлаў бағдарындағы жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе екени белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги  жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп аталады) Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң лицензиялар бериў ҳәм аккредитациядан өткериў ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыў, зәрүр ҳүжжетлерди таярлаў функцияларын атқаратуғын жумысшы уйымы етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанында Сырт елде жумыс ислеўди әмелге асыратуғын шахсларды қоллап-қуўатлаў және олардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў қоры (кейинги орынларда – Қор) юридикалық тәреп статусында шөлкемлестирилсин.

Төмендеги қәрежетлерди қаржыландырыў Қордың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

сырт елде жумыс ислеген дәўиринде зорлық, мәжбүрий мийнет ҳәм кемситиўден жәбирленген, мийнет ҳәм басқа да ҳуқықлары бузылған, аўыр қаржылық жағдайға түскен ҳәм шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерсиз, тиришилик ушын қәрежетсиз қалған пуқараларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў, сондай-ақ, оларға материаллық жәрдем көрсетиў;

мийнет миграциясында болған дәўирде жарақатланыў, бахытсыз ҳәдийсе себепли медициналық хызмет көрсетиў талап етилген пуқараларға, көрсетилген медициналық хызметлердиң ҳақысын мийнет мигранты есабынан төлеў имканияты болмаған жағдайларда төленген қаржылар усы пуқаралар тәрепинен кейин ала қаплап берилиўи шәрти менен медициналық хызмет көрсетиў;

жумысқа орналасқан мәмлекеттиң тийисли мәкемелери тәрепинен тастыйықланған жағдайларда республикадан сыртта мийнет миграциясында болған дәўирде қайтыс болған пуқаралардың денесин, сондай-ақ, сырт елде   жумыс ислеў ўақтында мийнетке жарамлылығын жоғалтыўға алып келген зыянланған ямаса қатты жарақатланған пуқараларды алып келиў;

жумыс ислеўге  сырт елге шөлкемлестирилген түрде бурын жиберилген ҳәм жумысқа орналасқан елдиң нызам ҳүжжетлерин бузыў ақыбетинде усы елдиң аймағынан шығарып жиберилген (депортация етилген) пуқараларды, төлеген қаржылар усы пуқаралардың есабынан кейин ала қаплап берилиў шәрти менен, сондай-ақ, келисилген мийнет шараятларын сырт елли жумыс бериўшилер тәрепинен тәмийинлеп берилмеген пуқараларды қайтарыў;

республика аймақларында сырт елге жумыс ислеўге  кетип атырған пуқараларды кетиўден алдын бейимлестириў, кәсипке таярлаў, шет тиллерди оқытыў ҳәм билим дәрежеси бойынша тест сынақларын өткериў, пуқаралардың кәсиплик қәнигелигин тастыйықлаў орайларын шөлкемлестириў және үскенелеў;

сырт елде Агентликтиң ўәкилханаларын шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў;

рәсмий емес мийнет миграциясының алдын алыўға қаратылған, пуқараларды сырт елде жумысқа шөлкемлестирилген тәризде орналастырыў системасын жетилистириў мәселелери бойынша информациялық – ағартыўшылық илажларды өткериў.

  1. Төмендегилер Қордың дәраматларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын 200 миллиард сум муғдарындағы бир мәртелик бийғәрез қаржылай жәрдем;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен дүзилген лицензия келисими шеңберинде пуқараларды жумыс ислеўге  сырт елге жиберетуғын шөлкемлердиң, резервке қойылып атырған қаржы жумсалған жағдайларда қаржыларды толықтырыў, сондай-ақ, пуқараларды  сырт елде жумысқа орналастырыў ҳуқықын беретуғын лицензия мүддети жуўмақланған жағдайларда қаржыларды қайтарыў шәрти менен, 50 мың АҚШ доллары муғдарындағы резерв етилетуғын қаржылары;

бос турған коммерциялық банклердиң депозитлерине орналастырыўдан алынатуғын дәраматлар;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бир ай мүддетте төмендегилерди тастыйықлаў бойынша Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

Өзбекстан Республикасы пуқараларын сырт елге жумысқа орналастырыў жумысын лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режени;

Сырт елге жумыс ислеўге  кетип баратырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының кәсиплик қәнигеликлерин тастыйықлаў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық тәреплерди аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы режени;

Сырт елде жумыс ислеў ушын Өзбекстан Республикасы пуқараларын шөлкемлестирилген тәризде жыйнаў тәртиби ҳаққындағы режени;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жаңаланған режесин;

Сырт елде жумыс ислейтуғын шахсларды қоллап-қуўатлаў және олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў қорының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы режени, соның ишинде, онда қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин нәзерде тутқан ҳалда.

  1. 2018-жыл 1-августтан:

жеке мийнет шәртнамалары бойынша жумыс ислеўди әмелге асырыў ушын сырт елге кетип атырған пуқараларға Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртипте ықтыярлы дизимнен өтиў принципин енгизген ҳалда, сырт елде жумыс ислеў ушын рухсатнама бериў тәртиби бийкар етилетуғыны;

сырт елде жумыс ислейтуғын пуқаралар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына ең кем мийнет ҳақының төрт ярым есеси муғдарында жыллық қамсызландырыў төлемлерин ықтыярлы түрде төлеў тәртиби енгизилетуғыны, бунда төлемлер әмелге асырылған дәўирлер белгиленген тәртипте мийнет стажына қосылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бир ай мүддетте минимал рентабельли жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған социаллық кәрханаларды мәмлекетлик жеке шериклик шәртлеринде шөлкемлестириў механизмлерин енгизиў бойынша, бул мақсетлерге Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорының қаржыларын қаратыўды нәзерде тутқан ҳалда, Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Агентлик барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардан азат етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине Агентликтиң басқарма хызметкерлериниң есабынан жуўапкер хызметкерлерди Өзбекстан Республикасы дипломатиялық паспорты берилетуғын лаўазымлы шахслардың дизимине киргизиў бойынша Ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер менен биргеликте еки ай мүддетте мийнет нызамшылығын бузғаны ушын админстративлик ҳәм жынайый жуўапкершиликти күшейтиў, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Ш.Д.Қудбиевке жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-июль