Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а  р а р ы

2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық ҳәзирги ўақытта республикамызға сырт ел пуқараларының кириўи ушын рухсат беретуғын ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тәртибин оптималластырыўға, миллий экономиканың әҳмийетли тармақларынан бирине кириў туризмин трансформациялаўға, мәдений-тарийхый мийрасты, тәбийғый байлықларды ҳәм дәстүрлерди, сондай-ақ, республикамыздың туризм имканиятларын ҳәм потенциалын кеңнен ен жайдырыўға бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Сырт ел пуқараларының республикамызға кириў тәртибин буннан былай да жетилистириў электрон кириў визасын рәсмийлестириў ҳәм бериў бойынша интерактив хызметлерди, сондай-ақ, бир қатар сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасына визасыз қысқа мүддетли кириў ҳәм 16 жасқа толмаған сырт ел пуқараларының Өзбекстан Республикасына визасыз кириў тәртибин енгизиў жолы менен сырт ел пуқараларының кириў визасын алыў процесслерин әпиўайыластырыў зәрүрлигин талап етеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекстан Республикасы туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы ПП-5326-санлы Пәрманының 3-бәнти талапларын әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2018-жыл 15-июльден баслап:

сырт ел пуқараларының кириў визасын рәсмийлестириў ушын Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларына, консуллық мәкемелерине мәжбүрий мүрәжат етиўин бийкар етиў;

сырт ел пуқараларының кириў визасын алыў ушын мүрәжатын көрип шығыў мүддетлерин қысқартыў;

республикамызға кириў ушын рухсат беретуғын ҳүжжетти рәсмийлестириўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў;

электрон кириў визаларының бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў арқалы  электрон кириў визасын рәсмийлестириўдиң орайластырылған системасын жаратыўды нәзерде тутатуғын электрон кириў визаларын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасы (кейинги орынларда «E-VISA.UZ» деп аталады) енгизилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасының электрон визасы ҳаққындағы реже 1 -қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Ишки ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлериниң тийкарланған есап-санақлары бойынша «E-VISA.UZ» системасының енгизилиўин әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. «E-VISA.UZ» системасы қатнасыўшыларының ведомстволық системаларын кейин ала техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Өзбекстан Республикасына кириў ушын сырт ел пуқараларына электрон визаны рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын буннан былай да енгизиў, электрон визаны және бир қатар сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасына қысқа мүддетли визасыз кириў ҳәм 16 жасқа толмаған сырт ел пуқараларының Өзбекстан Республикасына визасыз кириўин рәсмийлестириў процесинде пайдаланылатуғын ведомстволық системаны модернизациялаў бойынша Шөлкемлестириў-техникалық илажлар комплексин («Жол картасы») Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте тастыйықлаўға киргизсин.
  5. Сырт ел пуқараларының Өзбекстан Республикасына кириўи ушын электрон виза рәсмийлестирилгенлиги ҳәм берилгени ушын консуллық жыйымның муғдары 20 АҚШ доллары етип белгиленсин, түскен қаржылар кейин ала Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларын, консуллық ведомстволарын қаржыландырыўға бағдарлаў ушын Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң валюта есап бетине өткерилсин.
  6. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлигиниң берилген электрон кириў визаларын идентификациялаў мақсетинде программалық тәмийнатты модернизацяилаў бойынша жумысларды қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлерине бийғәрез қаржылай жәрдем сыпатында Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорынан 300 миллион сумды ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  7. «E-VISA.UZ» системасын буннан былай да ен жайдырыў шеңберинде алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскенелер, программалық тәмийнат, аўысық бөлеклер ҳәм материаллар белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша бажыхана –төлемлеринен 2021-жыл 1-январьға шекем (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  8. 2018-жыл 15-июльден баслап:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери бөлимлерине пассажирлер ҳаққында алдыннан өз ўақтында мағлыўмат беретуғын тасыўшының үшинши елге авиабилети бар болған, 2-қосымшаға муўапық мәмлекетлердиң Өзбекстан Республикасынан транзит арқалы өтетуғын пуқаралары ушын – 5 суткадан зыят болмаған мүддетте мәмлекеттиң халықаралық аэропортлары өткериў пунктлери арқалы визасыз кириў, ўақтынша болыў ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кетиў;

сырт ел паспорт ямаса биометрикалық ҳәрекетлениў (өтиў) ҳүжжети менен нызамлы ўәкилиниң бақлаўында болған, 16 жасқа толмаған сырт ел пуқаралары ушын – бақлаўшы шахстың паспортындағы кириў визасы мүддети әмел етиўи дәўиринде, бирақ Өзбекстан Республикасына кирген күннен баслап 90 күннен зыят болмаған ўақытта, өткериў пунктлери арқалы визасыз кириў, ўақтынша болыў ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кетиў тәртиби белгиленсин.

Соның менен бирге, сырт ел пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасы аймағында болған ўақытта 16 жасқа толғанларға шығыў визасы ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери тәрепинен белгиленген тәртипте рәсмийлестириледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң биринши орынбасары М.И.Атаев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының орынбасары А.А.Усманов:

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик персоналластырыў орайы ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-октябрьге шекем болған мүддетте Өзбекстан Республикасына келетуғын сырт ел пуқараларының ҳәр қыйлы категорияларына қосымша виза режелерин енгизиў бойынша усыныс киргизсин ((«Silk road» – Жипек жолы еллери бойлап саяхат етип атырған туристлер ушын басқа еллердиң виза белгилерин тән алыў имканияты менен, «Vatandosh» – келип шығыўы Өзбекстан Республикасынан болған ҳәм олардың шаңарақ ағзаларынан – бес жыллық виза, «Golden visa» – ири сырт ел инвесторлары ушын – он жыллық виза);

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери менен биргеликте  жолаўшылар ҳаққында алдыннан мағлыўмат алыў системасын иске қосқаннан соң Өзбекстан Республикасынан транзит арқалы өтетуғын, ўақтынша болатуғын ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кететуғын сырт ел пуқаралары ушын жердеги өткериў пунктлери арқалы визасыз кириў тәртибин енгизиўди тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Өзбекстан Республикасынан транзит арқалы өтетуғын, ўақтынша болатуғын ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кететуғын сырт ел пуқаралары ушын визасыз кириў тәртибин енгизиў нәтийжесине бола 2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте пуқаралары Өзбекстан Республикасынан транзит арқалы өтетуғын, ўақтынша болатуғын ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кететуғын мәмлекетлер дизимин кеңейтиў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы «Кириў туризмин раўажландырыў ҳаққында»ғы ПҚ-3509-санлы қарарының 2-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары усы қарар қағыйдаларының кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелери арқалы 2018-жыл 15-июльден баслап Өзбекстан Республикасы аймағына сырт ел пуқаларының кириўи ушын электрон визаларды рәсмийлестириў ҳәм бериў тәртиби, бир қатар сырт еллердиң пуқараларына Өзбекстан Республикасына қысқа мүддетли визасыз кириў және 16 жасқа толмаған сырт ел пуқараларының Өзбекстан Республикасына визасыз киретуғыны енгизилгенлиги ҳаққында кеңнен хабардар болыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Ишки ислер министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және мәпдар министрликлер ҳәм ведомстовлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 4-июль