Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларына бола,  2024-жылдың январь-май айларында Өзбекстанда 59,1 трлн сумлық қурылыс жумыслары орынланған.

Бул көрсеткиш 2023-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 7,2 процентке көбейген.

2024-жылдың 1-июнь жағдайына Өзбекстанда қурылыс жумысы менен шуғылланып атырған кәрхана ҳәм шөлкемлер саны 31 085 ке жеткен.

Қурылыс кәрханалары ҳәм шөлкемлериниң 7 110 и Ташкент қаласында жайласқан.

 

Наргиза Таубаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги