«Жаслар айлығы» шеңберинде республикамызда жасларды бир жерге жәмлеп, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спортқа, китап оқыўға ҳәм басқа да пайдалы илажларға тартыў мақсетинде ҳәр қыйлы кеўилашар илажлар, фестивальлар, спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.
Нөкис қаласының орайлық көшелеринде усы мақсетте спорттың велоспорт түринен жас спортшылар ҳәм ҳәўескерлердиң қатнасыўында жарыс шөлкемлестирилди.
3-июнь – Халықаралық велосипед күни ҳәм 23-июнь – Халықаралық Олимпия күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул веломарафонға 200 ден аслам ҳәўескер ҳәм велоспортшы жаслар қатнасты.
Жарыс нәтийжелерине бола, ер балалар арасынан, Муратбек Арысланбаев биринши, Мейрамбек Боранбаев екинши, Айдос Жолдасбаев үшинши, ал қызлар арасынан Гүлбәҳәр Хожаназарова биринши, Ақмарал Кәримбаева екинши, Аселия Ганиева үшинши орынды ийеледи.
– Мен көп ўақыттан берли спорттың велоспорт түри менен шуғылланып, ҳәр қыйлы жарысларда қатнасып жеңимпазлар қатарынан орын алып келмектемен. Велоспорт пенен шуғылланыў денсаўлық ушын оғада пайдалы. Ол және көлик сыпатында да пайдалы. Бул жарыста жеңимпазлар қатарынан орын алғанымнан қуўанышлыман,-дейди Гүлбәҳәр Хожаназарова.
Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Буннан басқа бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги