Хабарыңыз бар, усы жылдыӊ 1-февраль сәнесинен баслап, Президент қарары тийкарында исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги енгизилди.
2024-жылдыӊ 15-май жағдайына муўапық, рейтинг бойынша Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 29384 исбилерменлик субъектлери есапқа алынған.
– Солардан, «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 15, «АА» категориясына ийе жәми 42, «А» категориясына ийе жәми 83 исбилерменлик субъектлери ҳәрекет етпекте,-дейди Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.
Ал, «ВВВ» (орта) категорияға ийе жәми 375, «ВВ» категориясына ийе жәми 1042, «В» категориясына ийе жәми 2070, «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1628, «СС» категорияға ийе жәми 7201, «С» категорияға ийе жәми 6137, «Д» (тѳменги) категорияға ийе жәми 10 791 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.
Қуўанышлы тәрепи сонда, усы жылдың 23-апрель сәнесине салыстырмалы май айында тѳмен категориядағы исбилерменлер саны азайып, еӊ жоқары «ААА» категорияға ийе исбилерменлик субъектлериниң қатары 2 есеге артқан.
Яғный, жоқары нәтийжеге ийе исбилерменлер саны май айында 15 ке көбейди ҳәм олар Нѳкис қаласы (4), Беруний (1), Кегейли (3), Қараѳзек (1), Мойнақ (1), Тақыятас (1), Тахтакѳпир (1), Хожели (1), Шымбай (2) районларында жумыс алып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги