Президент Шавкат Мирзиёев мектеп билимлендириўиниң сапасын ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Оқыўшылардың пәнлерге қызығыўшылығы ҳәм үйрениўи көпшилик жағдайда муғаллимлердиң билим ҳәм қәбилетине байланыслы. Соның ушын педагоглардың маманлығын арттырыўға зәрүр шараят жаратылып, баҳалаў системасы жетилистирилип барылмақта.
Жуўапкерлер бәринен бурын усы ҳаққында мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, аттестацияда алдынғы технологияларға тийкарланған жаңа тәртип енгизилген. Онда 190 мыңнан аслам муғаллимлер қатнасып, соннан 51 мыңының категориясы көтерилген.
Мектеплерде билимли ҳәм излениўшең педагоглардың көбейиўин турақлы хошаметлеў зәрүрлиги атап өтилди.
2025-жыл сентябрьден баслап жоқары ҳәм биринши маманлық категориясына ийе муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысын көбейтиў усынысы билдирилди.
Аттестациядан өте алмаған, тәжирийбеси жетерли болмаған муғаллимлер ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығылып, маманлығын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Бул бағдарда маманлық арттырыў орайлары ҳәм педагогикалық колледжлердиң имканиятларынан толық пайдаланыў зәрүр. Усы мақсетте, Президент мектеби тәжирийбеси тийкарында, Абдулла Авланий атындағы миллий-изертлеў институтында бақша ҳәм мектеплердиӊ басшы ҳәм педагогларын ҳәр 5 жылда маманлығын арттырыў системасы жолға қойылатуғыны белгиленди.
Аймақлардағы 11 педагогикалық колледжди Маманлық арттырыў орайларыныӊ қарамағына өткерип, сырт елден тренерлерди тартыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, кем қуўатлықта ислеп атырған педагогикалық колледжлер тийкарында бақша ҳәм мектеплер, техникумлар, “Бәркамал әўлад” мектеби шөлкемлестирилетуғыны айтылды.
Алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў мақсетинде өткен жылы 500 мектепте Президент мектебиниӊ баҳалаў системасы енгизилген еди. Оныӊ нәтийжесинде олардағы оқыўшылардыӊ өзлестириўи 53 проценттен 59 процентке көтерилген. Жоқары нәтийжеге ерискен мектеплердиӊ басшылары ҳәм муғаллимлерине 40 процентке шекем үстеме белгиленген.
Соныӊ ушын усы баҳалаў системасын жаӊа оқыў жылынан баслап және 1 мыӊ мектепте қоллана баслайды. Оларға 182 қәнигелескен ҳәм 500 тәжирийбеден өткен мектеп бириктириледи.
Сондай-ақ, 270 мектеп интерактив доска, 365 и компьютер класслары менен үскенеленеди.
Презентацияда Қори-Ниёзий атындағы Өзбекстан педагогика илимлери илимий-изертлеў институты тийкарында Тәрбия педагогикасы миллий институтын шөлкемлестириў усынысы да додаланды. Жаӊаланған институтқа “мәҳәлле – ата-ана – мектеп” бирге ислесиўин күшейтиў, ата-аналар ҳәм балалар ушын тәрбияға байланыслы әдебиятлар жаратыў, жадидлердиӊ тәрбиялық көзқарасларын илимий изертеў сыяқлы ўазыйпалар қойылады. 5 қәнигелик бойынша Илимий кеӊес жумысы, магистратура ҳәм докторантура бойынша кадрлар таярлаў да жолға қойылады.
Сондай-ақ, Баҳодир Жалолов ҳәм Оксана Чусовитина спорт шеберлиги мектеплеринде халықаралық методларды енгизиў, оқыў ҳәм шынығыўлардыӊ сапасын арттырыў мәселелерине тоқталып өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы педагогларды таярлаўдыӊ сапасын арттырыў, әдалатлы баҳалаў ҳәм хошаметлеў системасын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА