Кеше футбол бойынша Германияда өткерилип атырған XVII Европа чемпионатында 1-тур ойынлары өз жуўмағына жетти.

Европаның ең күшли 24 сайланды командасы 6 топарға бөлинип, өз-ара беллесиўлерге түсип атырған жарыстың 1-туры көпшилик күткендей нәтийжелер менен жуўмақланды.

Атап айтқанда, «А» топарында кейинги басқышқа шығыў ушын тийкарғы даўагер есапланған Германия сайланды командасы Шотландия менен ушырасып, оларды 5:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Швейцария сайланды командасы Венгрияны 1:3 есабында жеңип шықты ҳәм 3 упайға ийе болды.

«В» топарында болса, Испания Хорватияны 3:0, Италия Албанияны 2:1 есабында жеңип, топар жетекшилерине айланды.

Футбол ўатаны есапланған Англия болса, Европа чемпионатындағы дәслепки ойынды Сербияға қарсы өткерип, серблерди 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи. Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Словения Дания менен 1:1 ойнады.

Чемпионаттағы күтилмеген нәтийже «Е» топарында жүз берди. Атап айтқанда, Европа чемипонлығына тийкарғы даўагерлердиң бири Бельгия сайланды командасы 1-турда Словакияға қарсы ойнап, 0:1 есабында жеңилип қалды. Соны айтып өтиўимиз керек, бул ойында Бельгия сайланды командасы ҳүжимшиси Ромеу Лукаку тәрепинен Словакия дәрўазасына урылған еки гол «VAR» тәрепинен қайтадан көрип шығылып, бас төреши тәрепинен бийкарланды.

Ал, екинши ойында болса, Румыния Украинаны 3:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Чемпионлыққа тийкарғы даўагерлерден есапланған Франция сайланды командасы дәслепки турда Австрияны 1:0 есабында, Нидерландия Польшаны 2:1 есабында жеңип шығып, «Д» топарының жетекшилерине айланды.

Ал, «F» топарында болса, Криштану Роналду ойнап атырған Португалия Чехияны екинши таймға қосып берилген қосымша минутларда урылған гол есабынан 2:1 есабында жеңип шығып, 3 упайды қолға киргизди.

Усы топардан орын алған Түркия ҳәм Грузия сайланды командалары арасындағы ойында болса, түрклер 3:1 есабында жеңип, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы