Саудия Арабстанында Ҳаж зыяратын әмелге асырып атырған ўақытта қайтыс болғанлар саны 577 ге жетти. Бул ҳаққында Agence France-Presse (AFP) өз дәреклерине тийкарланып хабар берди.
Аты сыр тутылып атырған еки араб дипломатының мәлим етиўинше, қайтыс болғанлардың 323и египетлилер болған. Олар қатты ыссы себепли қайтыс болған. Тек бир египетли тығылыста қалып, алған жарақатлары ақыбетинде дүньядан өткен.
Басылымға мағлыўмат бергенлерге бола, қайтыс болғанлардың кеминде 60ы — иорданиялылар, 23и — Түркия пуқаралары.
Қурбанлар санының ҳәдден зыят Ҳаж зыяратына нызамсыз келгенлер санының жүдә көплиги де себеп етип көрсетилмекте. Буның ақыбетинде зыяратшылар лагерлеринде тәртипсизликлер жүзеге келген, қутқарыўшылар өз ўақтында жәрдем көрсете алмаған, деди египетли Ҳаж зыяраты әмеллерин бақлаўшы әмелдар. Оның айтыўынша, зыяратшылар узақ ўақыт суў ҳәм аўқатсыз қалып кеткен, кондиционерлердиң ислемеўи себепли көпшилик ыссыда жан берген.
Саудия Арабстаны миллий метеорология орайы мағлыўматына бола, 17- июнь сәнесинде Меккедеги Үлкен мешитте 51,8 дәреже ыссы анықланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги