Ертең Тегеран қаласындағы «Азади» стадионында 2026-жылы футбол бойынша болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таңлап алыў басқышының 5-тур ойыны болып өтеди.

Онда Сречко Катанец басшылығындағы Өзбекстан  сайланды командасы топар жетекшиси болып турған Иран сайланды командасы менен жуўап ушырасыўын өткереди.

Кеше сайланды командамыз ағзалары Иран пайтахтына жетип барды.

Мағлыўматларға қарағанда, бул ушырасыўды қубла кореялы Ким Жонг Хёк басшылығындағы төрешилер басқарып барады. Ойын Ташкент ўақты менен саат 22:00де басланады.

Ал, бүгин болса, Өзбекстан олимпия сайланды командасы елимизде мийманда болып турған Мали олимпия сайланды командасы менен және бир дослық ушырасыўын өткереди. Ойын саат 19:00 да басланады.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул командалардың дәслепки ойыны 1:1 есабы менен жуўмақланған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы